Өзбекстан ҳәм Қытай арасында мәденият орайларын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойылды

    3 қыркүйек 2025 1816

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қытайға сапары шеңберинде Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбеков ҚХР мәденият ҳәм туризм министри Сунь Ели менен ушырасты.

    Сөйлесиўде еки мәмлекет жетекшилериниң басламасы менен мәденият тараўындағы бирге ислесиў жедел раўажланып, мәдений алмасыў барған сайын кеңейип атырғаны атап өтилди. Министрлердиң турақлы ушырасыўлары қатнасықлардың дослық ҳәм өз-ара пайдалы екенин тастыйықлайды.

    2025-жыл 7-июль күни Циндао қаласында ШБШ мәмлекетлери мәденият министрлериниң мәжилиси болып өткени, онда салмақлы нәтийжелерге ерисилгени айрықша атап өтилди.

    Бүгинги сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан ҳәм Қытай ҳүкиметлери арасында Мәденият орайларын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Бул тарийхый ҳүжжет биринши мәрте дүзилген болып, мәмлекетлер арасындағы мәдений байланыслардың раўажланыўында жаңа басқышты баслап бериўи күтилмекте.

    ҚХР мәденият ҳәм туризм министри Сунь Ели еки мәмлекеттиң қатнасықлары тек ғана экономика, социаллық тараў ҳәм билимлендириўде емес, ал мәденият тараўында да жедел раўажланып атырғанын атап өтти. Ол 2024-жылы Пекинде "Өзбекстан мәденияты күнлери" өткерилиўин жоқары баҳалап, усы жылы Ташкентте "Қытай мәденияты күнлери"н шөлкемлестириўди усыныс етти.

    Озодбек Назарбеков бул басламаны толық қоллап-қуўатлап, оны әмелге асырыўда Өзбекстан ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсететуғынын атап өтти.

    Сондай-ақ, мәденият тараўындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, биргеликтеги жойбарлар, мәдений билимлендириў ҳәм инвестициялар тараўындағы басламалар додаланды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates