Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан ҳәм Қытай арасында транспорт тараўындағы
бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери, сондай-ақ, стратегиялық әҳмийетке ийе
"Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолын қурыў жойбарының барысы
көрип шығылды.
Тәреплер жойбар бойынша қурылыс жумыслары тастыйықланған реже-кестеге
муўапық алып барылып атырғанын атап өтти. Жаңа темир жол магистралы регионаллық
транспорт коридорларын раўажландырыў, халықаралық жүк тасыў көлемин арттырыў,
мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық байланысларды беккемлеўде үлкен әҳмийетке
ийе екени атап өтилди.
Буннан тысқары,
ушырасыў қатнасыўшылары Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан мультимодал транспорт
коридорының нәтийжелилигин арттырыў, логистика инфраструктурасын жетилистириў,
Қашғар шегара станциясына "экспорт" статусын бериў имканиятын
додалады.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер қурылыс жумысларының барысын турақлы мониторинг етиў,
әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм транспорт тараўының барлық
бағдарларында тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.