Өзбекстан ҳәм Қытай билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестирмекте

    Билимлендириў 2 қараша 2025 501

    ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде өткерилип атырған халықаралық ушырасыўлар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шариповтың Қытай Халық Республикасы Билимлендириў министри Хуай Цзиньпин менен ушырасыўы болып өтти.

    Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, инженерлик билимлендириўи, санлы технологиялар, профессионал билимлендириў ҳәм педагог кадрларды таярлаўдың перспективалы бағдарларына айрықша итибар қаратыў мәселелерин додалады.

    Қоңыратбай Шарипов соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы бирге ислесиў турақлы институционаллық характерге ийе болғанын атап өтти. 2024-2025-жылларда үлкен нәтийжелерге ерисилгени, еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары арасында 29 қоспа билимлендириў бағдарламасы жаратылғаны, Үргенш мәмлекетлик университети жанында Пекин университети менен биргеликте Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы халықаралық математика орайы ашылғаны атап өтилди.

    Буннан тысқары, Самарқандта Сиань нефть университетиниң филиалын ашыў, Пекин технология институты менен биргеликте Инженерлик инновациялық лабораториясын шөлкемлестириў режелери додаланды.

    Тәреплер "Өзбекстан-Қытай кәсиплик билимлендириў альянсы" жумысын раўажландырыўды даўам еттириў, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында "Қытай устаханалары" жойбарын әмелге асырыў, сондай-ақ, санлы билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алды. Өзбекстан тәрепи, сондай-ақ, қытай тилин оқытыўды раўажландырыў, синхрон аўдармашылар ҳәм маман лингвистлерди таярлаў бойынша жумысларды күшейтиўди усыныс етти.

    Ушырасыў жуўмағында министрлер билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў нийетин тастыйықлады ҳәм 2-3-ноябрь күнлери Ташкентте өткерилетуғын Екинши Өзбекстан-Қытай билимлендириў форумы шеңберинде анық басламаларды алға қойыўға келисип алды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates