Өзбекстан ҳәм Қытайдың «China Datang» компаниясы қайта тиклениўши эенергетика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтпекте

    12 қараша 2025 333

    Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигинде Қытайдың «China Datang» компаниясы партия комитетиниң хаткери ҳәм директорлар кеңесиниң баслығы Люй Цзюн басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.

    Люй Цзюн компаниясы менен биргеликте Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дәреклери тараўында ири жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

    Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятының Бўка районында қуўатлылығы 263 МВт болған қуяш фотоэлектр станциясы иске қосылды. Бул "жасыл" станция турақлы түрде электр энергиясын ислеп шығарып, жойбардың әмелге асырылыўы жылына 575 миллион кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм 154 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеў имканиятын береди.

    Буннан тысқары, компания Өзбекстан энергетика тараўында қолланылып атырған заманагөй технологиялар бойынша кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм жергиликли қәнигелерди оқытыўға жәрдемлеседи. Бўка районындағы қуяш станциясы жанында Энергетикада инновациялық технологиялар бойынша биргеликтеги илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилмекте.

    Ушырасыў соңында Бўка районында жаңа қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм энергияны сақлаў системасын қурыў бойынша келисимлерге қол қойылды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates