Илажда Өзбекстан ҳәм Қырғызстан уйымлары басшыларының орынбасарлары басшылығындағы делегациялар, сондай-ақ, Шегара алды ўәлаятлары Ишки ислер министрлиги ҳәм Ишки ислер уйымлары орайлық хызметлериниң ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда биргеликтеги жумыслардың әҳмийетли бағдарлары: экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў, нызамсыз миграция, наркотрафик ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў мәселелери додаланды.
Тәреплер бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм тәжирийбе алмасыўға таяр екенлигин тастыйықлады, өз-ара сапарлар өткериў ҳәм мәлимлеме тараўындағы байланысларды жеделлестириўге келисип алды.
Мәжилис жуўмақлары Өзбекстан ҳәм Қырғызстан ҳуқық қорғаў уйымлары арасында турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған шерикликти раўажландырыўда гезектеги қәдем болды.











