Өзбекстан ҳәм Amazon Project Kuiper жойбары арасында жоқары тезликтеги жасалма жолдас интернетти раўажландырыў бойынша бирге ислесиў жолға қойылмақта

    7 қараша 2025 1099

    Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Америка Қурама Штатларына рәсмий сапары шеңберинде Amazon компаниясының Project Kuiper жойбарының халықаралық тутыныў бизнеси бойынша директоры Лиза Скалпоне менен ушырасты.

    Ушырасыўда Өзбекстанда Project Kuiper жойбары хызметлерин әмелге асырыў, IТ Парк арқалы санлы экосистеманы раўажландырыў ҳәм жоқары тезликтеги жасалма жолдас интернет хызметлерин енгизиў мәселелери додаланды.

    Бул баслама мәмлекетимиздиң интернет инфраструктурасын модернизациялаў, инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың санлы хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

    Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреп Amazon Kuiper хызметлерин Өзбекстанда енгизиў бойынша әмелий бирге ислесиў жолға қойылғанын атап өтти.

    Amazon Kuiper - орбитал интернет тармақлары ҳәм жасалма жолдаслар инфраструктурасын жаратыў менен шуғылланыўшы Америка жеке меншик аэрокосмослық компаниясы. Жойбардың тийкарғы мақсети - пүткил дүнья халқын жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў ҳәм глобал қамтып алыўды жаратыўдан ибарат.

    Мағлыўмат ушын, буннан алдын Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги ҳәм «Amazon Kuiper Commercial Services LLC» компаниясы арасында еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеген Түсинисиў меморандумына қол қойылған еди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates