Мағлыўмат ушын, Швейцария Глобал сапа инфраструктурасы индексинде (GQII) 185 мәмлекет арасында 16-орынды, атап айтқанда, стандартластырыў бойынша 11-орынды, метрология бойынша 14-орынды, аккредитациялаў бойынша 22-орынды ийелеген. Швейцария стандартластырыў ассоциациясы (SNV) 1919-жылы дүзилген болып, Халықаралық стандартластырыў шөлкеми (ISO) ҳәм Европа стандартластырыў шөлкемлери (CEN-CENELEC) ағзасы есапланады.
Сөйлесиўлер даўамында тәреплер стандартластырыў бойынша техникалық ҳәм киши комитетлердиң жумысын жетилистириў, стандартларды ислеп шығыў процесине санаат кәрханалары ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшыларды жедел тартыў, саўдадағы техникалық тосқынлықларды сапластырыў, стандартлардың бирден-бир мәлимлеме базасын жаратыў мәселелерин додалады.
Буннан тысқары, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, импорт өнимлерге қойылатуғын талапларды үйлестириў, техникалық жақтан тәртипке салыў ҳәм стандартластырыў тараўында қәнигелердиң маманлығын арттырыў мәселелерине де итибар қаратылды.
Тәреплер саўдадағы техникалық тосқынлықлар тараўындағы институтционаллық потенциалды беккемлеў ҳәм қәнигелердиң компетенцияларын арттырыў, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Санаатты раўажландырыў бойынша шөлкеми (UNIDO), Швейцарияның SECO уйымы ҳәм Европа Аўқамының (TAIEX) грантлары ҳәм техникалық жәрдемин тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм Швейцария стандартластырыў ассоциациясы (SNV) арасында стандартластырыў ҳәм сапа тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиўге тийкар болатуғын Түсинисиў меморандумына қол қойылды.








