“SOCAR” - Әзербайжанның мәмлекетлик нефть-газ
компаниясы болып, 1992-жылы шөлкемлестирилген. Штат - 48 мыңнан артық адам. “SOCAR”
халықаралық базарларда жумыс алып барады. Өзбекстанда компания
углеводород ресурсларын өзлестириў бойынша 2 миллиард доллар муғдарында
инвестиция киргизилген жойбарды әмелге асырыўда қатнаспақта.
Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў
мәселелерин көрип шықты.
Биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңа басламаларды ислеп
шығыўға айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында өз-ара саўданы көбейтиў ҳәм стратегиялық
жойбарларды алға қойыў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге таярлық
тастыйықланды.