Тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады ҳәм 2026-2030-жылларға мөлшерленген қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тоғай хожалығы тараўларында бирге ислесиў бойынша жол картасына қол қойыўға таярлық көриў бойынша келисип алды.
Ҳүжжет тоғай нызамшылығы тараўында тәжирийбе алмасыў, ғоза мийўели, писте ҳәм зайтун егинлерин раўажландырыў, тәбиятты қорғаўға байланыслы халықаралық конвенцияларды әмелге асырыў, қоспа илимий-әмелий конференциялар ҳәм семинарлар өткериў, сондай-ақ, тоғай өртлериниң алдын алыў ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў тараўында бирге ислесиў сыяқлы кең көлемли бағдарларды қамтып алады.
"Жол картасы" шеңберинде халықаралық донорлар ушын жойбар усынысларын биргеликте ислеп шығыў, климат өзгериўиниң тәсирин, әсиресе, қурып баратырған Арал теңизи регионында үйрениў, дәрилик өсимликлерди сақлаў, аңшылық хожалығын раўажландырыў, экологиялық-ағартыўшылық ҳәм туристлик бағдарлар бойынша тәжирийбе алмасыў нәзерде тутылған. Айрықша бәнтте түркменстанлы студентлерге Green Universityде грант орынларын бериў, сондай-ақ, оларды Өзбекстанның жоқары оқыў орынларында экологиялық бағдарлар бойынша таярлаў нәзерде тутылған.
Геўректиң жабайы түрлерин сақлап қалыў бойынша бирге ислесиў потенциалына айрықша итибар қаратылды: тиклеў ҳәм илимий-изертлеў мақсетлери ушын туқым ямаса нәл жеткерип бериўде Түркменстанға жәрдемлесиў имканияты көрип шығылмақта.
Өзбекстанның миллий бағдарламаларын есапқа алған ҳалда Сурхандәрья ўәлаятында геўрек жетистириў бойынша биргеликтеги тәжирийбе жойбарын әмелге асырыў усыныс етилди. Сондай-ақ, тәреплер шөллениўге қарсы гүресиў, шөлге шыдамлы егинлердиң егислик майданларын кеңейтиў, улыўма нәлхананы шөлкемлестириў ҳәм "шөл агротоғайшылығы" бағдарларын раўажландырыў бойынша биргеликтеги изертлеўлерди раўажландырыўға таяр екенлигин билдирди.
Ушырасыўда тәреплер Самарқанд декларациясы жойбары ҳәм Жабайы фауна ҳәм флора ресурсларынан турақлы пайдаланыў тараўында 2026-2032-жылларға мөлшерленген регионаллық бирге ислесиў бойынша Ҳәрекетлер режеси бойынша да пикир алысты. Соның менен бирге, CITES COP20 да әйне Самарқанд декларациясына қол қойылыўы режелестирилип атырғаны атап өтилди.
Соның менен бирге, тәбиятты қорғаў тараўында өз-ара келисилген регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли екенлиги атап өтилип, тоғай ресурсларын турақлы басқарыў, экосистемаларды тиклеў ҳәм регионның тәбийғый потенциалын арттырыўға қаратылған шерикликти беккемлеў бойынша жумысларды даўам еттириўге таярлық билдирилди. Тәреплер келисилген барлық бағдарларда турақлы сөйлесиўди жолға қойыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алды.








