Сөйлесиўлерде Түркияның дәстүрий мазалы тағамларын экспорт етиў арқалы халықаралық базарда кеңнен танылған Mehmet Yildirim, Karaköy Güllüoğlu, Burça Baklava сыяқлы тараўдың жетекши компанияларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда тәреплер халықаралық сапа стандартларын енгизиў, сондай-ақ, кондитерлик тармағы ушын маман қәнигелер таярлаў мәселелерин додалады. Мәмлекетимиздиң гастрономиялық мәдениятын раўажландырыўда әҳмиетли ўақыя болыўы мүмкин болған Пахлава фестивалын Өзбекстанда өткериў басламасына айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм шериклик байланысларын және де беккемлеўге келисип алынды. Тәреплер мазалы өнимлер ислеп шығарыў тараўында узақ мүддетли бирге ислесиў ҳәм кәсиплик тәжирийбе алмасыўдан мәпдар екенин билдирди.