Ушырасыўда UNAIDSтың пүткил дүнья бойлап жаңа АИВ инфекциясы жағдайларының алдын алыў, АИВ инфекциясына шалынғанларды емлеў, күтиў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша хызметлерди кеңейтиў, эпидемияның социаллық тәсирин азайтыўға қаратылған жумысы айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, UNAIDSтың Өзбекстандағы жумысы шеңберинде миллий денсаўлықты сақлаў системасының потенциалын беккемлеў, АИЖСқа қарсы гүресиў бағдарламаларын мониторинг етиў ҳәм баҳалаўды жетилистириў, техникалық ҳәм финанслық ресурсларды тартыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилди.

Имонн Мерфи Өзбекстанның инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, инклюзив нызамшылықты раўажландырыў, миллий нызамшылықты халықаралық миннетлемелер менен үйлестириў, сондай-ақ, социаллық қорғаў, халықтың саламатлығы ҳәм гендер теңлик бағдарындағы жетискенликлерин жоқары баҳалады.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстанда социаллық тараўда әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин билдирди.