Сәўбетлесиў ўақтында жоқары оқыў орынларында билимлендириў бағдарламаларын жетилистириў, санлы трансформация процесслерин жеделлестириў, жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыў, биргеликте илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм алдынғы тәжирийбелерди әмелиятқа енгизиў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер арасында жоқары билимлендириў тараўындағы шериклик байланысларын беккемлеўге хызмет ететуғын халықаралық бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.








