Өзбекстан ҳәм Венгрияның 4iG компаниясы санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиўди күшейтпекте

    4 желтоқсан 2025 255

    Венгрияға рәсмий сапар даўамында Өзбекстан делегациясының 4iG компаниясы басқарыў кеңесиниң баслығы Геллерт Ясаги менен халықаралық бизнес байланысларын раўажландырыў мәселелерин додалаўға бағышланған ушырасыўы болып өтти.

    Ушырасыўда Венгрия ҳәм Өзбекстан арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, инвестициялық ҳәм технологиялық жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары, санлы инфраструктура, меншиклестириў ҳәм альтернатив энергетика тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

    4iG компаниясының басқарыў кеңеси баслығы IТ системалар интеграциясы, санлы инфраструктура, телекоммуникация, қорғаныў ҳәм космос тараўындағы жойбарлар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

    Мағлыўмат ушын: компания Орайлық ҳәм Қубла-Шығыс Европада жумыс алып барады ҳәм Орайлық Азия базарына, атап айтқанда, Өзбекстанға айрықша қызығыўшылық билдирмекте. Оның структурасына Mobile.uz ҳәм UzCosmos сыяқлы қоспа жойбарлар да киреди.

    Ушырасыў қатнасыўшыларына Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, экономиканы либералластырыў, санаатты модернизациялаў, сырт ел инвестициялары ушын қолайлы орталық жаратыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Басқарма баслығы Өзбекстан базары сиясий-ҳуқықый жақтан турақлы ҳәм перспективалы екенин, макроекономикалық көрсеткишлер ҳәм жас халық бизнес раўажланыўы ушын үлкен имканият жарататуғынын атап өтти.

    Қоспа инвестициялар ҳәм IТ жойбарлар, санлы инфраструктура, Mobile.uz ҳәм санлы сервис платформалары, мағлыўматларды қайта ислеў орайлары, Жерди аралықтан зондлаў ҳәм спутниктен бақлаў жойбарларын раўажландырыў мәселелери додаланды.

    Ушырасыў жуўмағында ҳәр бир бағдар бойынша биргеликтеги жойбарларды даўам еттириў ҳәм мәлимлеме алмасыўды жолға қойыўға келисип алынды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates