Тәреплер Өзбекстан аймағында заманагөй интеграцияласқан атом электр станциясын қурыў жойбары шеңбериндеги бирге ислесиўдиң ҳәзирги басқышы бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты. Тийкарғы бағдарлардағы жумыслардың бир қәлипте ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў ушын жойбардың барлық қатнасыўшыларының ҳәрекетлерин синхронластырыўға айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлерде миллий жоқары технологиялық санаатты раўажландырыў ҳәм мәмлекетте турақлы компетенцияларды қәлиплестириўге хызмет ететуғын стратегиялық әҳмийетли бағдар - Өзбекстанда үскене ҳәм комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыўды локализациялаў перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды.
Ушырасыў атом энергиясынан тынышлық жолында пайдаланыў тараўында Өзбекстан ҳәм Венгрия арасында исеним ҳәм өз-ара түсинисиў жоқары екенин тастыйықлады. Тәреплер ашық шериклик принциплери ҳәм алдынғы технологияларды жедел трансфер етиўге исенимли умтылатуғынын билдирди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында контрактация ҳәм жойбарды буннан былай да әмелге асырыў мәселелерине итибар қаратқан ҳалда жедел сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алынды.