Тәреплер бирге ислесиў турақлы раўажланып атырғаны ҳәм бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша биргеликтеги "жол картасы" әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Р.Гросси Өзбекстанның миллий ядролық инфраструктураны қәлиплестириў бағдарындағы жумысын, атом энергетикасын халықаралық стандартлар ҳәм АЭХА усынысларына муўапық раўажландырыў бағдарындағы избе-из қатнасын жоқары баҳалады. Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти басшылығында әмелге асырылған реформалар бул процесс ушын зәрүр шараятлар жаратқанын атап өтти.

2026-жылдың екинши ярымына мөлшерленген INIR қадағалаў миссиясына таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды. Сапар етиў шеңберинде АЭХА қәнигелери Жиззақ ўәлаятында АЭС қурыў жойбарының әмелге асырылыўын үйренеди. АЭХА бас директоры миссияға жоқары дәрежеде таярлық көрилгенин атап өтип, оның мәмлекеттиң атом бағдарламасын әмелге асырыўдағы әҳмийетин атап өтти.

Сондай-ақ, жойбардың әмелий басқышы - Жиззақ ўәлаяты Фориш районында Өзбекстандағы биринши АЭС майданында дәслепки бетон жумысларының басланыўы додаланды. Р.Гросси жойбардың өзине тәнлигине, соның ишинде, үлкен ҳәм киши қуўатлылықтағы реакторларды бирден-бир комплекске интеграциялаў режелестирилип атырғанына итибар қаратты.

Ушырасыў жуўмағында АЭХА Өзбекстанның ядро бағдарламасын әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады. Агентликтиң бас директоры дәслепки бетон жумысларын баслаў мәресиминде қатнасыў ушын мирәтти қабыл етти. Тәреплер АЭХА Секретариатында өзбекстанлы қәнигелердиң санын көбейтиўден өз-ара мәпдар екенин билдирди, бул миллий тәжирийбени халықаралық жойбарларға және де нәтийжели интеграциялаў ҳәм мәмлекеттиң атом тараўындағы кадрлар потенциалын беккемлеў имканиятын береди.

Өзбекстан ҳәм АЭХА шериклиги исеним, жуўапкершилик ҳәм келешекке умтылыў тийкарында қурылмақта. Мәмлекет алдынғы технологиялар ҳәм жоқары қәўипсизлик стандартларына сүенген ҳалда тыныш атом жолынан исенимли бармақта.