Өзбекстан ҳәм Viasat арасында стратегиялық бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

    10 қараша 2025 335

    Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов АҚШқа әмелий сапары шеңберинде Viasat компаниясының глобал тәртипке салыў ҳәм технологиялық сиясат бойынша вице-президенти Донна Бетиа Мерфи менен ушырасты.

    Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстанда UltraGEO алдынғы технологиясынан пайдаланған ҳалда жасалма жолдас байланыс системаларын раўажландырыў, In-Flight Connectivity бағдарында заманагөй телекоммуникация шешимлерин енгизиў, сондай-ақ, Direct-to-Device ҳәм IoT-технологияларын өз ишине алған NTN инновациялық хызметлерин қолланыў мәселелерин додалады.

    Буннан тысқары, технологиялар тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине тоқтап өтилди.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер инновациялық космослық ҳәм телекоммуникациялық жойбарларды әмелге асырыў, пилот басламаларды иске қосыў ҳәм қәнигелер арасында тәжирийбе алмасыў бойынша шерикликти беккемлеўге келисип алды.

    Ушырасыў жуўмағында UZ-SAT ҳәм Viasat компаниялары арасында Стратегиялық бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

    Мағлыўмат ушын: Viasat - спутник байланысы ҳәм глобал интернет хызметлерине қәнигелескен жетекши АҚШ компаниясы. Компания пүткил дүнья бойлап жоқары тезликтеги интернет ҳәм санлы хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған алдынғы технологияларды ислеп шығып, әмелиятқа енгизбекте.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates