Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады. Атап айтқанда, Жаңа Ташкент ҳәм Ташкент аймақларын жаңа аэропорт пенен темир жол, жер асты ҳәм жер үсти метросы арқалы байланыстырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Буннан тысқары, "Ташкент - Самарқанд" жаңа тезжүрер темир жол линияларын модернизациялаў, жолаўшы ҳәм жүк тасыўды және де нәтийжели шөлкемлестириў ушын темир жол инфраструктурасын ажыратыў, транспорт тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары бойынша пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Япония арасында транспорт-логистика тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара пайдалы байланысларды беккемлеўге таяр екенин тастыйықлады.