Ушырасыў алдынан тәреплер өз жумысы, әҳмийетли бағдарлар ҳәм бар имканиятлар ҳаққында мағлыўмат алмасты. Япония тәрепи компанияның халықаралық тәжирийбеси, инвестициялық ҳәм технологиялық потенциалы ҳаққында мағлыўмат берди.

Сөйлесиўлерде фармацевтика тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары додаланды. Дәри-дәрмақларды шәртнама тийкарында ислеп шығарыў ҳәм жаңа препаратлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиўдиң әмелий механизмлерин жолға қойыўға таяр екенин билдирди.