Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер тоқымашылық санааты тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары, өндиристи локализациялаў мәселелери, сондай-ақ, компанияның Өзбекстанда ўәкилханасын ашыў перспективаларын додалады.
Япония делегациясына мәмлекеттиң инвестициялық потенциалы, сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған шараятлар, тоқымашылық тармағы кәрханаларына берилип атырған жеңилликлер таныстырылды. Өзбекстан тараўға алдынғы технологияларды тартыў, экспорт потенциалын раўажландырыў ҳәм өндирислик қуўатлылықларды кеңейтиўге үлкен әҳмийет қаратып атырғаны атап өтилди.
1948-жылы Японияның Нара префектурасында шөлкемлестирилген "Okamoto Corporation" компаниясының Япония, Қытай ҳәм Таиландта тоқымашылық кәрханалары, сондай-ақ, АҚШта Walmart, Amazon и Costco сыяқлы дүньяның ири саўда тармақлары менен бирге ислесиўши тарқатыў компаниясы бар. Кәрхананың жыллық экспорт көлеми 100 миллион АҚШ долларынан артады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм Өзбекстан базарында биргеликтеги басламаларды алға қойыў бойынша әмелий қәдемлерди әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.








