Орайды шөлкемлестириў басламасы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2025-жыл ноябрь айында Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясының ашылыў мәресиминде алға қойылған еди.

Жаңа Орай Азия ҳәм Тыныш океаны регионындағы бундай дәрежедеги биринши мәкеме болыўы күтилмекте. Оның жумысы халықаралық тәжирийбе ҳәм экспертизаға сүйенген ҳалда мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы реформаларды қоллап-қуўатлаўға, сондай-ақ, Өзбекстанды балалардың ерте раўажланыўы тараўында регионаллық хаб сыпатында қәлиплестириўге қаратылады.

Буннан тысқары, Орай барлық балалар ушын сапалы ерте раўажланыў ҳәм арзан мектепке шекемги билимлендириўди тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлериниң 4.2-мақсетине ерисиўди жеделлестириўге жәрдемлесиўге қаратылған.

Ушырасыўда Ҳошим Ал-Анани Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ЮНЕСКО менен бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин атап өтип, оның халықаралық билимлендириў, мәденият ҳәм илим тараўларындағы басламаларын жоқары баҳалады.