Берлинде ITB Berlin 2026 халықаралық туризм көргизбеси шеңберинде Өзбекстан Туризм комитетиниң баслығы Абдулазиз Аққулов WTTC президенти Глория Манзо менен ушырасыў өткерди. Тәреплер шөлкемниң глобал басламаларында мәмлекетимиздиң қатнасыў перспективаларын ҳәм туризм тараўының стандартларын беккемлеў мәселелерин додалады.
WTTC аналитикалық мағлыўматлары тийкарында туризмниң мәмлекет экономикасына қосып атырған үлесин анық баҳалаў, инвестициялық имканиятларды алға қойыў, халықаралық мийманхана ҳәм ресторан тармақларын тартыў, сондай-ақ, Өзбекстанның дүнья туризм базарындағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстанның WTTC ға ағза болыўы, Туризм комитети ҳәм шөлкем арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди таярлаў бойынша келисимге ерисилди. Ҳүжжет Саудия Арабстаны, Италия, Мальта сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбесин есапқа алған ҳалда ислеп шығылады.
Бирге ислесиў шеңберинде туризм тараўын аналитикалық жақтан үйрениў, WTTC ағзалары ҳәм инвесторлар менен В2В ҳәм В2С ушырасыўларын шөлкемлестириў, халықаралық майданларда Өзбекстанның инвестициялық жойбарлары ҳәм туризм брендин таныстырыў, турақлы ҳәм санлы туризм тараўында эксперт жәрдемин алыў режелестирилген.
Усы тийкарда WTTC Global Summitтиң Өзбекстанда өткерилиўи логикалық қәдем сыпатында баҳаланбақта. Бул мәмлекетти турақлы ҳәм санлы туризм платформасы сыпатында танытыў, халықаралық компаниялар ҳәм инвесторларды тартыў, Өзбекстанның дүнья туризм картасындағы орнын беккемлеў имканиятын береди.