Онда дерлик 50 мәмлекеттен 300 медиа ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң
ўәкиллери - жетекши медиа компаниялар, мәлимлеме агентликлери, телеканаллар,
халықаралық басылымлар ҳәм санлы платформалардың басшылары, сондай-ақ, ҳүжжетли
фильм дөретиўшилери, продюсерлер, илимпазлар, креатив индустрия ҳәм жасалма
интеллект тараўының қәнигелери қатнасады.
Форум Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы тәрепинен Өзбекстан
Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Ғалаба хабар қураллары ушын
контент таярлаў орайы, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да бир
қатар бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Форумның
тийкарғы медиа шериклери сыпатында Euronews ҳәм CNN халықаралық телеканаллары қатнасыўы
режелестирилген.
Форум Өзбекстан
Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы алдында өткерилип атырғаны
айрықша әҳмийетке ийе. Оның тийкарғы мақсети - мәмлекетимиздиң ғәрезсизлик
жылларында ерискен жетискенликлери, әсиресе, соңғы он жылда Президент Шавкат
Мирзиёевтиң басшылығында Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа
қайтпайтуғын реформалардың нәтийжелери, тарийхый мийрасты қәстерлеп сақлаў
бағдарындағы жумысларды халықаралық аудиторияға таныстырыўдан ибарат. Ислам
цивилизациясы орайының жаңа илимий, мәдений, ағартыўшылық ҳәм технологиялық
басламалары айрықша орын ийелейди.
Форумның орайлық
майданы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы болады. Өзбекстан Республикасы
Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген кең көлемли
комплекс те теңи-тайы жоқ музей коллекциялары, әййемги қолжазбалар, илимий
изертлеўлер ҳәм жаңа әўлад технологияларын бирлестирип, ислам дүньясы мийрасын
үйрениў ҳәм оны халықаралық көлемде таныстырыў ушын жаңа имканиятлар ашпақта.
Форумның тийкарғы
идеясы - тарийх ҳәм руўхый мийрасты дүнья аудиториясына заманагөй телевидение,
кино, әдебият, санлы платформалар, жасалма интеллект ҳәм иммерсив музей
технологиялары тилинде усыныўдан ибарат.
Спикер ҳәм
ҳүрметли мийманлар арасында дүньяның жетекши ғалаба хабар қуралларының
ўәкиллери қатнасады.
Форумда жетекши
халықаралық ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўы оның әҳмийетин
көрсетеди. Спикер ҳәм ҳүрметли мийманлар арасында Euronews бас директоры ҳәм
бас редакторы Клаус Штрунц, CNN телеканалының Орайлық Азия ҳәм Африка бойынша
регионаллық ўәкили Имран Аҳмад, BBC ўәкили ҳәм "Dars Consulting"
директоры Сергей Становкин бар.
Сондай-ақ,
бағдарламаға Al Jazeera, TRT World ҳәм TRT Avaz жойбарларының презентациялары, CNN
International Commercial атқарыўшы вице-президенти Фил Нельсонның видеомүрәжаты
киргизилген.
Форум
бағдарламасы бес жалпы мәжилисти өз ишине алады:
"Өзбекстандағы
Ислам цивилизациясы орайы: жаңа тарийхлар, жаңа форматлар, жаңа
аудитория";
"Ислам
цивилизациясының дүньяны өзгерткен уллы тулғалары. Кино, китап ҳәм санлы
орталықтағы уллы биографиялар";
"Қураны
кәрим: әсирлер ҳәм цивилизацияларды бирлестиретуғын мийрас";
"Жаңа
Өзбекстан: басламалар, реформалар ҳәм ҳәзирги күнниң ҳүжжетли жылнамасы";
"Жаңа
шеклер: халықаралық жойбарлар, медиа форматлар ҳәм мәдений басламалар".
Ислам
цивилизациясының дүнья илим ҳәм мәденияты - математика, астрономия, медицина,
философия, әдебият, архитектура ҳәм көркем өнердиң раўажланыўына қосқан үлеси
додаланады.
Форум шеңберинде
50 ден аслам баянат ҳәм презентациялар өткериледи. Қатнасыўшылар Муҳаммед
ал-Хорезмий, Әбиў Әлий ибн Сина, Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Мансур Мотуридий,
Имам Бухарий, Имам Термизий, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы ҳәм басқа да уллы
ойшыллардың мийрасын заманагөй қураллар арқалы жеткерип бериў бойынша пикир
алысады.
Атап айтқанда,
жалпы мәжилис Жаңа Өзбекстандағы реформалар, Президент Шавкат Мирзиёевтиң
халықаралық басламалары ҳәм олардың ҳүжжетли, баспа ҳәм медиа жойбарларда
сәўлелениўине бағышланады. Қатнасыўшылар бүгинги Өзбекстанның халықаралық
көринисин қәлиплестириўде журналистика, кинематография ҳәм мәдений
басламалардың орны ҳаққында пикир алысады.
Әййемги
қолжазбалардан жасалма интеллектке шекем
Форумда
"Усмон Мушафи", "Катта Лангар Қураны"ның факсимиле
басылымы, "114 Қуран" халықаралық жойбары, "Өзбекстан
Қураны"ның илимий сүўретли басылымы, "Өзбекстан тарийхындағы уллы
шахслар шығыс миниатюрасында" китап-альбомы менен байланыслы жойбарлар
таныстырылады.
"Қандай етип
тарийхты жаслар ушын қызықлы етиў мүмкин?" атамасына ҳәм келешек әўладқа
ислам цивилизациясын көргизбели тәризде сәўлелендириў имканиятларына айрықша
итибар қаратылады.
Технологиялық
блокта араб графикасындағы қолжазба текстлерди таныў ҳәм оларды санлы оқыў ушын
INKSIGHT AI интеллектуаллық моделиниң презентациясы өткериледи. Жойбар әййемги
жазба дәреклер менен ислесиўде жасалма интеллектти қолланыў имканиятларын
көрсетеди.
Форум
майданларында онлаған халықаралық ҳәм миллий жойбарлар: ҳүжжетли фильмлер,
телевизиялық бағдарламалар, китап ҳәм альбомлар, виртуал көргизбелер, санлы
платформалар, интерактив билимлендириў өнимлери, мультимедиа экспозициялары, VR,
AR ҳәм жасалма интеллект технологияларына тийкарланған шешимлер көрсетиледи.
Олардың арасында
1001 Inventions халықаралық жойбары, тарийхый шахслардың санлы аватарлары, сырт
ел медиа компанияларының ҳүжжетли ҳәм телевизион жойбарлары бар.
Ислам
цивилизациясы орайының фасадында архитектура, музыка, жақтыландырыў, анимация
ҳәм санлы көркем өнер бирден-бир тарийхый сюжетке бирлесетуғын кең көлемли мультимедиа
меппинг-шоўы болып өтеди.
Қуран залында
Өзбекстанның руўхый-ағартыўшылық дәстүрлерине бағышланған арнаўлы мультимедиа
бағдарламасы көрсетиледи.
Буннан тысқары,
форум шеңберинде "Оскар" сыйлығының ийеси Бен Кингслиниң Өзбекстан
тарийхы, оның уллы тулғалары ҳәм регионымыздың дүнья цивилизациясы
раўажланыўына қосқан үлесине бағышланған авторлық фильминиң премьерасы болып
өтеди.
Жәҳән медиа
ўәкиллери Өзбекстан жаслары менен ушырасады
Форум шеңберинде
халықаралық ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери медиа тараўына қызығыўшы
өзбекстанлы жаслар менен ушырасады.
Ташкент
қаласындағы 15 жоқары оқыў орнында арнаўлы сессиялар, лекциялар, презентациялар
ҳәм шеберлик сабақлары өткериледи. Студентлер, магистрантлар, жас илимпазлар
ҳәм оқытыўшылар алдында сырт елли журналистлер, медиа менеджерлер, ҳүжжетли
кино режиссёрлары, санлы технологиялар тараўы қәнигелери шығып сөйлейди.
Билимлендириў
бағдарламасы халықаралық журналистика, телевидение, ҳүжжетли кино, стратегиялық
коммуникациялар, халықаралық PR, мәдений дипломатия ҳәм санлы контент ислеп
шығарыўды қамтып алады. Медиа, билимлендириў ҳәм музей тараўларында жасалма
интеллект, виртуал ҳәм қосымша реаллықты қолланыўға айрықша итибар қаратылады.
Жас журналистлер,
дипломатлар, IТ қәнигелери, продюсерлер ҳәм креатив индустрия ўәкиллери сырт
елли қәнигелер менен әмелий лабораториялар, экспертлик додалаўлар ҳәм кәсиплик
ушырасыўларда қатнасыўы мүмкин болады.
Ислам цивилизациясы
орайы ҳәм Журналистика университети арасында меморандумға қол қойылады
Форум шеңберинде
Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба
коммуникациялар университети арасында меморандумға қол қойылыўы режелестирилген.
Ҳүжжет жас
журналистлер ушын биргеликте илимий-билимлендириў бағдарламасын әмелге асырыўды
нәзерде тутады. Онда Өзбекстан тарийхы, мәденияты ҳәм илимий мийрасына
бағышланған билимлендириў илажлары, изертлеўлер, шеберлик сабақлары ҳәм медиа
жойбарлар бирлестириледи.
Бирге ислесиў
студентлерге телевизион, ҳүжжетли, баспа ҳәм санлы жойбарларды таярлаўда
қатнасыў, музей коллекциялары ҳәм тарийхый дәреклер менен ислесиў, миллий ҳәм
халықаралық медиа жәмийетшилик жетекши ўәкиллериниң тәжирийбесин өзлестириў имканиятын
береди.
Бүгинги күнде
журналистлер ушын өз мәмлекетиниң тарийхын билиў айрықша әҳмийетке ийе
болмақта. Усы мүнәсибет пенен Ислам цивилизациясы орайы ҳәм университет
биргеликте "Гид журналистика" оқыў курсын шөлкемлестириўди
режелестирмекте. Бул пән тийкарғы сабақлардан тысқарыда оқытылмай, тийкарғы
оқыў бағдарламасына киргизилиўи әҳмийетли.
Самарқанд - жанлы
тарийх мәканы
Халықаралық
бағдарламаның өз алдына бир күни Самарқандта болып өтеди. Сырт елли
журналистлер ҳәм сүўретке алыў топарлары Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы
менен реконструкцияланған Имам Бухарий естелик комплексине барады.
Бул жердеги кең
көлемли қурылыс жумыслары 2026-жылдың бәҳәринде жуўмақланды. 45 гектар майданда
10 мың орынға мөлшерленген мешит, ҳәкимшилик ҳәм зыярат етиў объектлери,
заманагөй санлы технологиялар менен үскенеленген Имам Бухарий атындағы
инновациялық музей жайласқан болып, 9 тематикалық павильоннан ибарат.
Бағдарламаға
Халықаралық ҳәдистаныў илимий-изертлеў орайына барыў да киргизилген.
Қатнасыўшылар Самарқандтың тарийхый-мәдений объектлери, соның ишинде, ЮНЕСКОның
Дүнья жүзилик мийрасы дизимине киргизилген естеликлер менен танысады.