Илимий жумысларды Мәдений
мийрас агентлигиниң Қубла Соғд археологиялық экспедициясы қәнигелери Я.Ғуломов
атындағы Самарқанд археология институты хызметкерлери менен биргеликте алып бармақта.
Қазыў жумыслары Әмир Темур жумысы менен байланыслы естеликлерди үйрениў жойбары
шеңберинде Мәдений мийрас агентлиги тәрепинен қаржыландырылмақта.
Изертлеўлердиң тийкарғы
ўазыйпасы комплекстиң сақланып қалған архитектуралық бөлимлерин ашып бериў, сарайдың
дүзилиси ҳәм қурылысының өзгешеликлерин анықлаў, табылған археологиялық
материалларды үйрениўден ибарат.
Қазыў жумыслары даўамында
қәнигелер тарийхый мәдений қатламларды ашпақта, сарай имаратларының қалдықлары
ҳәм басқа да экспонатларды анықламақта. Ҳәр бир табылма өзиниң тарийхый ҳәм
илимий әҳмийети жағынан жазып алынады ҳәм изертленеди.
“Занжир сарай” XIV әсирде Шағатай улысы дәўиринде қурылған
ҳәм кейин ала Амир Темур ийелигине өткен ири резиденциялардан бири болып
есапланады. Тарийхый дәреклерге бола, комплекс дерлик 16 гектар майданды ийелеген.
Ҳәзирги ўақытта алып барылып атырған қазыў жумыслары
естеликтиң бурын белгисиз болған өзгешеликлерин анықлаў, архитектуралық
көринисин анықлаў, комплекс тарийхы ҳаққындағы көзқарасларды кеңейтиў
имканиятын береди.