Бул ҳаққында Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баспасөз хызмети хабар берди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2021-жылы пуқаралардың ҳәрекети шекленген, бул болса исбилерменлердиң Аўғанстанға барыўын бираз қыйынластырған еди. Ҳайратоннан тек ғана 75 км узақлықта жайласқан Мазари Шарифке жетип барыў ушын исбилерменлер Тәжикстан аймағы арқалы бир күнлик айланыстан пайдаланыўы керек еди. Енди бул шеклеўлер алып тасланып, жол қайта ашылды.
Шегарадан өтиў тәртибиниң тиклениўи экспорт етиўши кәрханалар ушын үлкен қолайлық жаратады. Соңғы жылларда Аўғанстанға экспорт көлеми турақлы артып бармақта ҳәм бул жөнелистиң ашылыўы 2026-жылы экспортты 2,5 миллиард долларға жеткериў ушын барлық имканиятларды жаратпақта.
Аўғанстан базарына шығып атырған исбилерменлер ушын жеңилликлер нәзерде тутылған: мәмлекет Ҳайратон ямаса Мозори Шариф қаласындағы қоймаханаларды ижараға алыў қәрежетлерин қаплайды, Өзбекстан өнимлерин алға қойыў қәрежетлерин қаплайды.








