Пахта бойынша халықаралық мәсләҳәт комитети (ICAC) ҳәм Bizpando компаниясы менен биргеликте мәмлекетимизде регенерациялық аўыл хожалығы технологияларын кеңнен енгизиў жойбары басланбақта. Бағдарламада 55 мың гектар майданда заманагөй, экологиялық таза дийқаншылық усылларын сынақ тәризинде енгизиў нәзерде тутылған.
Бул басламаға аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмоновтың Вашингтондағы ICAC бас резиденциясына сапары ўақтында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылғанынан соң рәсмий түрде старт берилди. Ҳүжжетте турақлы дийқаншылықты раўажландырыў, топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм тармаққа углерод стандартларын енгизиў, бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў нәзерде тутылған.
Меморандумға қол қойылыўдан алдын ICAC экспертлери Ташкент ҳәм Жиззақ қалаларында оқыў-семинарларын өткерди. Оларда фермер ҳәм аграр тараў қәнигелерине регенерациялық дийқаншылықтың мазмун-мәниси ҳәм абзаллықлары, оны қолланыў бойынша халықаралық тәжирийбе кеңнен түсиндирилди. Соның менен бирге, углерод изин баҳалаў ушын зәрүр болған аккредитациядан өткен лабораторияларды анықлаў жумыслары да алып барылмақта.
Жойбар шеңберинде Bizpando компаниясы углерод төлемлери системасын енгизиў ушын фермерлерди дизимнен өткериўди баслап жиберди. Ноябрь айында углерод кредитлерин ҳүжжетлестириў, тексериў ҳәм мониторинг етиў процесслери бойынша 80 нен аслам фермер ҳәм қәнигелер ушын арнаўлы тренинглер өткериў режелестирилген.
Регенерациялық технологияларды кеңнен енгизиў Өзбекстанға топырақ ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, экологиялық жүкти азайтыў, пахтаның сапасын жақсылаў ҳәм жәҳән пахта базарындағы орнын беккемлеў имканиятын береди.