Ярмарка 2016-жылдан берли Халық ҳүкимети тәрепинен «Shanghai Metals Market» мәмлекетлик компаниясы менен биргеликте өткерилип келинбекте. Онда дүньяның 100 ден аслам мәмлекетинен 500 ге шамалас ири компаниялар қатнаспақта. Сондай-ақ, илаж бағдарламасынан 10 нан аслам абырайлы конференция орын алған. Тийкарғы итибар энергияны сақлаў системалары, электр энергетикасы, литийли аккумуляторлар ушын материаллар, қайта ислеў, шийки зат қазып алыў, қатты денедеги батареялар ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларға қаратылды, деп жазады "Дунё" МА.

Ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген Қытай-Азия экономикалық раўажланыў ассоциациясының президенти Чжу Джокке глобаллық жағдай тез өзгерип атырған бир ўақытта бирге ислесиўши мәмлекетлер раўажланыў бағдарларын биргеликте белгилеп алыўы ҳәм бар имканиятларды жумсаўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Оның атап өтиўинше, бүгинги күнде глобал дәрежеге шығыў компаниялар ушын таңлаў емес, ал заман талабы - артқа қайтпайтуғын тенденция болып есапланады. Глобал санаат ҳәм логистика шынжырлары өзиниң регионаллық ҳәм диверсификациялық трансформациясын жеделлестирмекте. Азия жәҳән экономикасының ең жедел өсиў орайы сыпатында дүня халқының 60 проценттен асламын бирлестирип, глобаллық экономикалық өсиўдиң 40 проценттен асламын тәмийинлемекте.

«Shanghai Metals Market» мәмлекетлик компаниясының басшысы Логан Лу "компаниялардың имканиятларын кеңейтиў ҳәм келешекти биргеликте қәлиплестириў" миссиясына әмел еткен ҳалда шөлкем глобал базарларға шығып атырған кәрханалар ушын көпир ҳәм исенимли таяныш ўазыйпасын атқаратуғынын атап өтти. Жоқары сапалы глобал ресурсларды бирлестириў, мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы сөйлесиў платформаларын жаратыў, сондай-ақ, толық циклдеги профессионал хызметлерди көрсетиў тийкарғы ўазыйпалар қатарына киреди.

Илаж қатнасыўшыларына республикамыздың үлкен инфраструктура потенциалы, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған жеңилликлер комплекси ҳаққында мағлыўмат берилди. Өзбекстанда бизнес жүргизиўдиң тийкарғы абзаллықлары да көрсетип өтилди. Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, экономиканы либералластырыў, қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў ҳәм сыртқы саўда байланысларын диверсификациялаў бағдарында ерисилген табыслар айрықша атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы өз-ара пайдалы стратегиялық шериклик избе-из беккемленип атырғаны, аймақлараралық бирге ислесиў ҳәм тийкарғы тармақлардағы биргеликтеги жойбарлар еки мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына салмақлы үлес қосып атырғаны атап өтилди.

Презентация Өзбекстанда енергетика, аўыл хожалығы, қайта ислеў санааты, мәлимлеме технологиялары, тоқымашылық тармағы ҳәм "жасыл" технологиялар сыяқлы тараўларда жумысты раўажландырыўға таяр екенин билдирген Қытай компанияларында жоқары қызығыўшылық оятты.