Өзбекстан «World Travel Market London - 2025» көргизбесинде қатнаспақта

    Туризм 5 қараша 2025 824

    Лондонда ири халықаралық туризм көргизбелеринен бири - «World Travel Market London - 2025» болып өтпекте. Өзбекстан миллий стенди Туризм комитети, мәмлекетимиздиң Лондондағы елшиханасы ҳәм "Миллий PR-орай" басқармасының жәрдеминде шөлкемлестирилди.

    Онда 10 нан аслам туристлик компания ҳәм өнерментлер мәмлекетимиздиң өним ҳәм хызметлерин көрсетпекте.

    Стендке келиўшилер Өзбекстанның мәдений ҳәм тарийхый мийрасы, әййемги қалалары, миймандослық санаатының бүгинги раўажланыўы ҳәм туризм инфраструктурасы ҳаққында толық мағлыўмат алыўы мүмкин.

    Сондай-ақ, бул жерде миллий туроператорлар ҳәм туризм ушын жаңа бағдарлар излеп атырған халықаралық компаниялар арасында В2В сөйлесиўлер өткерилип, Ташкент халықаралық туризм ярмаркасында қатнасыў бойынша шериклик мәселелери додаланбақта.

    Миллий стендте елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларының мәдений өзгешеликлерин сәўлелендиретуғын өзбек аяқ ойынлары, дәстүрий нама ҳәм қосықлардан ибарат фольклор бағдарламасы шөлкемлестирилген.

    «WTM London» туризм тараўындағы ең ири ҳәм ең абырайлы халықаралық көргизбелерден бири болып, 1980-жылдан берли өткерилип келинбекте. 2009-жылдан берли Өзбекстан бул илажда турақлы қатнасып келмекте. «WTM-2025»те 180 нен аслам мәмлекет, 4 мыңға шамалас туристлик компания ҳәм стендлер, 45 мыңнан аслам туризм тараўының экспертлери қатнаспақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates