Бүгин Малайзияның Куала-Лумпур қаласында болып өткен мәжилисте 2027-жылы U17 жаслар арасында Азия кубогин өткериў ҳуқықын Өзбекстанға бериў бойынша қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, басқа континентал турнирлердиң де ийелери анықланды:

2027-жыл U17 Азия кубоги - Өзбекстан;

2028-жылғы U23 Азия кубоги - Япония (Лос-Анжелес қаласындағы 2028-жылғы Олимпиада ойынларына сайлап алыў турнири);

2029-жилғи U17 Азия кубоги - Саудия Арабстаны.

Буннан тысқары, AFC Атқарыў комитети Азия чемпионлары элита лигасының жаңа форматын тастыйықлады. 2026/2027-жылғы мәўсимнен баслап турнирде 32 команда қатнасады.