Өзбекстан Ақтаў қаласында өткерилип атырған биринши Халықаралық қуўыршақ театрлары фестивалында қатнаспақта

    12 қыркүйек 2025 503

    Ақтаў қаласында «Nomad Puppet Aqtau» биринши халықаралық қуўыршақ театрлары фестивалының ашылыўы болып өтти. Бағдарламадан Өзбекстан, Әзербайжан, Түркия, Россия, Қырғызстан ҳәм Қазақстан театр жәмәәтлериниң спектакллери орын алған.

    Фестиваль шеңберинде спектакллерди көрсетиўден тысқары, театр көркем өнери тараўында профессионал қарым-қатнасты раўажландырыўға қаратылған шеберлик сабақлары ҳәм дөретиўшилик ушырасыўлар өткериледи, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Илажда Маңғыстаў ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Тлеген Абишев шығып сөйлеп, форум қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

    Фестивалда Өзбекстан атынан Ферғана ўәлаяты қуўыршақ театры жәмәәти қатнасып, "Меҳир қайда?" спектаклин көрсетти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates