Ашылыў мәресиминде Япония Император шаңарағының ўәкиллери, ҳүкимет ағзалары, Халықаралық гереңлер спорт комитети (ICSD) ҳәм "Токио-2025" шөлкемлестириў комитетиниң басшылары қатнасты. Салтанат дәстүрий япон мәденияты ҳәм заманагөй технологиялар үнлеслигинде өтти. Быйылғы ойынлардың тийкарғы идеясы - "Гереңлер спортының жоқары қәдириятлары арқалы инсанлар ҳәм жәмийетти бирлестириў" илаждың тийкарғы лейтмотивине айланды.
2025-жылы өткерилетуғын ойынларда дүньяның 80 мәмлекетинен 21 спорт түри бойынша 3 мыңнан аслам спортшы қатнасады. Олардың арасында футбол, таэквондо, дзюдо ҳәм стол тенниси сыяқлы 4 бағдар бойынша 33 спортшыдан ибарат Өзбекстан делегациясы да бар.
Өзбекстан сайланды командасының таярлық жумыслары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Спорт министрлиги, Адаптив спорт түрлери ассоциациясы, Өзбекстан гереңлер спорт федерациясы ҳәм тийисли спорт федерацияларының жәрдеминде шөлкемлестирилди.
Өзбекстан делегациясының Токио қаласындағы ашылыў майданына салтанатлы түрде шығып, мәмлекетимиздиң байрағын көтергени тамашагөйлер тәрепинен үлкен ҳүрмет ҳәм қызығыўшылық пенен күтип алынды. Бул ўақыя спортшыларымыздың пидайылығы, Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғаўға таяр екенлигиниң айқын тастыйығы болды.
Токио-2025 ойынлары 26-ноябрьге шекем даўам етеди. Өзбекстан спортшылары халықаралық майданларда жоқары нәтийжелер ҳәм мәмлекетимиз абырайы ушын гүрести даўам еттирмекте.