Бул сыйлық динлераралық тынышлықты беккемлеў, өз-ара ҳүрмет, социаллық әдиллик ҳәм инсан потенциалын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан шахслар ҳәм шөлкемлерге бериледи.

Әзербайжан ҳәм Армения арасындағы тарийхый тынышлық келисими, аўғанстанлы ҳуқық қорғаўшысы, қызлар билимлендириўи қорғаўшысы Зарқа Яфталий сыйлықланған.

Халықаралық сыйлық төрешилериниң жумысында қатнасқан Президент Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева сыйлықланғанларды қутлықлады.

- Әзербайжан Республикасы ҳәм Армения Республикасы арасында дүзилген тынышлық шәртнамасы созылып кеткен ҳәм қурамалы келиспеўшиликлерди де сапластырыў мүмкин екенлигиниң әҳмийетли үлгиси болып есапланады, - деди Саида Мирзиёева.

Сондай-ақ, өмирин ҳаял-қызлар ҳәм балалардың билим алыў ҳуқықларын қорғаўға бағышлаған Зарқа Яфталының хызметлерин айрықша атап өтти. Зарқа Яфталий Аўғанстан ҳәм оның сыртындағы 100 мыңнан аслам халыққа билимлендириў ресурслары, психологиялық-социаллық жәрдем ҳәм мәҳәлле дәрежесинде хызметлер көрсеткени ушын сыйлыққа миясар болды. Ол 100 ден аслам мектептиң шөлкемлестирилиўинде үлкен әҳмийетке ийе болып, урыслардан зыян көрген аймақлардағы мыңлаған қызлар ушын имканиятлар жаратты.

"Оның қызлардың билим алыў ҳуқықын қорғаў бағдарындағы көп жыллық жумысы избе-из ҳәм турақлы ҳәрекетлер адамлар ҳәм пүткил жәмийетлердиң турмысын өзгертиўге қандай уқыплы екенлигин көрсетеди. Тынышлық және қызлардың билим алыў имканиятын мен жәмийеттиң турақлылығы ҳәм раўажланыўы тиккелей байланыслы болған ең әҳмийетли қәдириятлар, деп есаплайман", - деп атап өтти Президент Администрациясын басқарыўшы.

2026-жылғы лауреатларды сыйлықлаў мәресими Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен тән алынған Халықаралық инсан дослығы күни - 4-февраль күни Абу-Даби қаласында болып өтеди.