"Өзгерип атырған дүньяда туризмди қайта көрип шығыў" атамасындағы илажда Туризм комитети баслығы Умид Шодиев басшылығындағы делегация қатнасты.

Форумда онлаған мәмлекетлердиң тийисли министрликлери ҳәм уйымларының басшылары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, туризм индустриясының абырайлы экспертлери ҳәм жетекшилери қатнасты.

Форумның тийкарғы мақсети - тараў турақлылығын беккемлеў, инвестицияларды тартыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар жетекшилигин раўажландырыў, инновациялық технологияларды енгизиў, глобал туризм тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўден ибарат.

Ашылыў мәресиминде қатнасыўшыларға Өзбекстанның туризм потенциалы, әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламаларын орынлаўға қаратылған БМШ пенен туризм тараўындағы биргеликтеги жойбарлардың презентациясы көрсетилди. Өзбекстан миллий стенди әнжуман мийманларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Мәмлекетимиздеги системалы реформалар ҳәм мәдений мийрасты жедел үгит-нәсиятлаўдың тән алыныўы сыпатында Өзбекстан "Ең жақсы мәдений туризм мәнзили" номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды.

Форум шеңберинде Өзбекстан делегациясы ағзалары БМШ Дүнья жүзилик туризм шөлкеминиң жаңадан сайланған Бас хаткери Шейха Аль-Новайс, Европа комиссиясының Турақлы туризм ҳәм транспорт бойынша комиссары Апостолос Цицикостас, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Бас хаткери Кубаничбек Омуралиев, Египет туризм ҳәм әййемги затлар министри Шариф Фатҳи, TripAdvisor компаниясының директоры Жастин Рид пенен бир қатар ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерди.

Бул ушырасыўлар Өзбекстанның халықаралық имиджин беккемлеў ҳәм туризм тараўында, соның ишинде, миллий мәдений мийрасты глобал дәрежеде үгит-нәсиятлаў бойынша бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды.