Еки мәмлекет ҳүкиметлери атынан ҳүжжетке Өзбекстанның БМШтағы турақлы ўәкили Улуғбек Лапасов ҳәм Сент-Люсияның БМШтағы турақлы ўәкили Менисса Рамбалли қол қойды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Тәреплер халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШ ҳәм оның қәнигелескен мәкемелери шеңберинде биргеликтеги бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенин билдирди.
Сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўдиң өз-ара пайдалы бағдарларын излеў бойынша еки тәреплеме байланысларды жеделлестириўге келисип алынды.
Ҳүжжетке қол қойылыўы Өзбекстанның Кариб бассейни мәмлекетлери менен бирге ислесиўин жеделлестириўде әҳмийетли қәдем болды.
Кариб теңизиниң шығыс бөлиминде жайласқан Сент-Люсия атаўы Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан 163-мәмлекет болды.
Еслетип өтемиз, 2025-жыл 10-июль күни Өзбекстан Африканың Эритреясы менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан еди.









