Сондай-ақ, бул компаниялардың қуўатлылығы ҳәм логистика инфраструктурасы объектлериниң имканиятлары сол жерге барып толық үйренилди.

Үйрениў даўамында делегация ағзалары Өзбекстаннан алып келинип атырған экспорт, импорт ҳәм транзит жүклерди қабыл етиў, сақлаў, қайта ислеў, контейнерге салыў, аўыстырыў, консолидациялаў ҳәм деконсолидациялаў, сондай-ақ, оларды кейинги мәнзиллерге үзликсиз жеткерип бериў бойынша әмелдеги терминал ҳәм қоймахана инфраструктурасының имканиятлары менен толық танысты.

Атап айтқанда, грузиялы шериклер менен жабық ҳәм ашық қоймахана майданларынан пайдаланыў, ўақтынша сақлаў хызметлерин шөлкемлестириў, контейнерлерге ислеў бериў қуўатлықлары ҳәм мультимодал тасыў процесслерин нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сөйлесиўлерде Өзбекстан жүклерине хызмет көрсетиў ушын бул инфраструктураның имканиятларынан және де кеңирек пайдаланыў, Поти порты арқалы экспорт-импорт ҳәм транзит тасыўлар көлемин арттырыў, жүклерди қайта ислеў ҳәм сақлаў хызметлерин жетилистириў, логистика шынжырының турақлылығы ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў, узақ мүддетли әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.