Жүзиўшимиз 58.97 секундлық нәтийжени көрсетип, Голландия ҳәм Украинадан келген қарсыласларын артта қалдырып, Өзбекстан сайланды командасына турнирде екинши медалды алып келди.
Финал нәтийжелери (100 м арқа, ерлер, S13):
Алтын: Егор Болотов (Өзбекстан) - 58.97
Гүмис: Томас ван Ваанрой (Голландия) - 59.35;
Бронза: Алексей Вирченко (Украина) - 59.45
Егор Болотов жәҳән чемпионатында алтын медалды қолға киргизген биринши өзбек ер жүзиўшиси болды.
Еслетип өтемиз, ол буннан алдын 100 метр аралықта еркин усылда қатнасып, бронза медалын қолға киргизген еди. Ҳаял-қызлар арасында 100 метрге жүзиў бойынша финалда Мубинабону Халилова (S13) жетинши орынды ийеледи.









