"Мақтымқулы Пырағый" өзбек-түркмен фильми Қазан қаласында болып өткен "Алтын минбер" халықаралық кинофестивалында сыйлықланды

    11 қыркүйек 2025 615

    Өзбекстан ҳәм Түркменстан бирге ислесиўинде жаратылған "Мақтымқулы пырағы" фильми Қазан қаласында болып өткен "Алтын минбер" ХХI халықаралық кинофестивалында "Россия - Ислам дүньясы" бағдарламасының дипломы менен сыйлықланды.

    Картина режиссёри Музаффархон Эркинов еки мәмлекет мәдениятын бирлестириўдеги айрықша шеберлиги ҳәм тамашагөйлерге унамлы тарийх жаратқаны ушын хошаметленди, деп жазады ussatnews.com.

    Картина тамашагөйлерди XVIII әсирге алып барады, уллы түркмен шайыры ҳәм философы Мақтымқулы Пырағыйдың өмири ҳәм руўхый жолын ашып береди. Фильмде оның Бухарадағы Көкелдаш, Хийўадағы Шерғазыхан медреселеринде оқыған жыллары сәўлелендирилген болып, инсаныйлық ҳәм туўысқанлық идеялары бүгинги күнде де әҳмийетли болған ойшылдың қәлиплесиўи көрсетилген.

    Жойбардың басламашысы Түркменстан болып, ол сүўретке алыў ушын тарийхый естеликлер ҳәм архив материалларын усынды. Түркмен қәнигелериниң қатнасыўы дәўирди қайта жаратыўда жоқары дәрежеде ҳақыйқыйлыққа ҳәм анықлыққа ерисиў имканиятын берди.

    Халықаралық майданда тән алыныўы Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы мәдений бирге ислесиўдиң әҳмийетли басқышы болды, еки мәмлекеттиң бай мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарындағы ҳәрекетлери атап өтилди. Уллы шайыр ҳаққындағы фильм тек ғана тарийхый ўақыя емес, ал халықлардың руўхый бирлиги ҳәм дослығының тымсалына айланды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates