Өзбекстанның 112 районында 22-октябрьден "Мениң мектебим" жойбары басланады

    Билимлендириў 18 қазан 2025 599

    Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте "Мениң мектебим" жойбарын басламақта. Усы жылдың 22-октябрьинен баслап 2025/2026-оқыў жылы шеңберинде жойбарды әмелге асырыўдың биринши басқышы басланады.

    1-басқышта 1, 2 ҳәм 4-категорияға киргизилген 112 районнан 4 мың 987 улыўма билим бериў мектеби қатнасады. Басқышлар төмендеги график тийкарында әмелге асырылады:

    22-31-октябрь күнлери - жойбарларды қәлиплестириў;

    1-10-ноябрь - жойбарларды таңлап алыў;

    11-20-ноябрь - даўыс бериў басқышы.

    "Мениң мектебим" жойбарында ҳәр бир оқыўшы 5-11-классларда өз мектебине байланыслы идеяларды усыныўы, сондай-ақ, алға қойылған жойбарлар ушын даўыс бериўи мүмкин.

    Мағлыўмат ушын: 3-ҳәм 5-категорияға киретуғын район ҳәм қалалар жойбардың екинши басқышы қатнасыўшылары болады. Ол усы жылдың декабрь ҳәм 2026-жылдың январь айларында болып өтеди.

    Ҳәзирги басқышта қатнасып атырған 112 районның толық дизими менен төмендеги силтеме арқалы танысыў мүмкин: