Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарары менен тастыйықланған Режеге муўапық, улыўма билим бериў мәкемелериниң 1-класс оқыўшыларына февраль айы даўамында бир ҳәптелик қосымша дем алыс бериледи, деп хабар бермекте Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги.
Қосымша дем алыслардың мақсети - биринши класс оқыўшыларының оқыў процесине бейимлесиўи ушын қолайлы шараят жаратыў ҳәм киши жастағы оқыўшылардың оқыў жүклемесин азайтыўдан ибарат.
Дем алысларды өткериў мүддетлери ҳәр бир мектептиң администрациясы тәрепинен оқыў процесин ҳәм билимлендириў мәкемесиниң ишки графиклерин есапқа алған ҳалда индивидуал түрде белгиленеди.