Онда саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, жасларды ғалаба ен жайдырыў, халық арасында футболға қызығыўшылықты және де арттырыў мақсет етилген, деп хабар бермекте МОК баспасөз хызмети.

Конференция даўамында турнирди өткериў форматы ҳәм мүддетлери ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Атап өтилген режелерге бола, чемпионат 2026-жыл 1-мартта басланып, 14-июнь күни жуўмақланады. Биринши мәўсимде 16 команда қатнасады. Келешекте United MFL жойбары шеңберинде кубок жарысларын өткериў де режелестирилген.

Медиа футбол лигасының иске қосылыўы Өзбекстан футбол мәденияты ҳәм спорт медиа мәканының раўажланыўында жаңа басқыш болады.