Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 24-майдағы 257-санлы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта. Жойбар Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында қаржыландырылып, "Климат шараятына бейимлескен суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлерин көрсетиў" бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылмақта.

Жәмийетлик тыңлаўларда жергиликли халық ўәкиллери, мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары, мәмлекетлик шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери, экология шөлкемлери, сондай-ақ, жойбар интакерлери қатнасты.

Илаж даўамында жойбардың тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары, оны әмелге асырыў басқышлары, қоршаған орталыққа көрсетиўи мүмкин болған тәсири ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Буннан тысқары, қурылыс жумысларын алып барыў процесинде экологиялық қәўип-қәтерлерди азайтыў илажлары додаланды.

Қәнигелер презентациялар өткерип, қатнасыўшыларды ишимлик суўы ҳәм канализация системасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар менен таныстырды. Халыққа қолайлық жаратыў, санитариялық жағдайды жақсылаў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў жойбардың тийкарғы бағдарларынан бири екени атап өтилди.

Сондай-ақ, тыңлаўларда пуқаралар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар да инабатқа алынып, жойбарды әмелге асырыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Бундай жойбарлар халықтың саламатлығын сақлаў, турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм заманагөй инфраструктураны қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтиў керек.