Август айында Өзбекстанда исбилерменлик белсендилиги унамлы динамиканы сақлап қалды

    Бизнес 10 қыркүйек 2025 540

    2025-жылдың август айында Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен есапланған Исбилерменлик белсендилиги индекси (ИБИ) 1029 баллды қурап, өткен айға салыстырғанда 2,9 процентке артқан. Соның менен бирге, ИБИ өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 30,9 процентке өскени бақланбақта.

    ИБИ қурам бөлимлеринде төмендеги өзгерислер бақланды.

    Исбилерменлик белсендилиги индекси 2025-жылдың август айында өткен айға салыстырғанда 2,9 процентке өсип, 1029 пунктти қурады, бул төмендеги компонентлердиң өзгериўи менен түсиндириледи:

    хожалық жүргизиўши субъектлердиң банк есап бетлери бойынша операциялар саны 7,0 процентке азайған;

    товар-шийки зат биржасында шийки затты сатып алыў интенсивлиги 14,2 процентке артты;

    жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер менен байланыслы компонент 0,4% ке артқан;

    саўда белгилери компоненти 15,0% ке азайған.

    Аймақлар кесиминде ең жоқары өсиўди Сырдәрья ўәлаяты көрсеткен.

    Август айында 9 аймақ бойынша Исбилерменлик белсендилиги индекси өткен айға салыстырғанда артқан.

    Атап айтқанда, Сырдәрья (72,3%), Наўайы (45,5%), Әндижан (38,3%) ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында (36,7%) сезилерли өсиў бақланды.

    Бирақ исбилерменлик белсендилиги индекси Хорезм (11,5 процент), Жиззақ (11,0 процент), Қарақалпақстан Республикасы (7,5 процент), Сурхандәрья (6,0 процент) ҳәм Бухара (5,5 процент) ўәлаятларында төменлеген.

    БАНК СЧЁТЛАРЫ АРҚАЛЫ ОПЕРАЦИЯЛАР.

    Август айында банклераралық төлем операцияларының саны 6 045,1 мыңды қурап, 2025-жылдың июль айына салыстырғанда 456,7 мың транзакцияға азайды (7 процентке азайды).

    Юридикалық шахслар арасындағы банк операцияларының саны өткен айға салыстырғанда 5 аймақта көбейген. Атап айтқанда, Қашқадәрья (8,4%), Самарқанд (5,3%), Бухара (1,7%) ҳәм Сырдәрья (0,7%) ўәлаятларында орташа өсиў бақланған.

    ТОВАР-ШИЙКИ ЗАТ БИРЖАСЫНДАҒЫ БЕЛСЕНДИЛИК

    ИБИның биржа қураўшысы 1,1422 ди қурады. Бул өткен айға салыстырғанда компонент дәрежесиниң 14,2% ке артқанын аңлатады. Бул өсиў ҳәр бир транзакцияда сатып алынған товарлардың орташа физикалық көлеминиң 41,1 процентке артыўы ҳәм транзакциялар санының 12,7 процентке азайыўы менен байланыслы.

    Республикалық товар-шийки зат биржасында август айында улыўма айланыс 6 635,9 млрд. сумды қурап, өткен айға салыстырғанда 0,3 процентке азайған.

    ХОЖАЛЫҚ ЖҮРГИЗИЎШИ СУБЪЕКТЛЕРДИҢ БЕЛСЕНДИЛИГИ.

    Жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер компоненти 1,0038 ди қурап, өткен айға салыстырғанда 0,4% ке өскен.

    Жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер саны быйылғы жылдың июль айына салыстырғанда 2 038 ге көбейип (488 584 бирлик), 490 622 ти қурады.

    Ири кәрханалардың саны 23 ке көбейди.

    Есап бериў дәўиринде киши исбилерменлик субъектлериниң саны 392 мың 415 тен 395 мың 603 ке көбейип, 3188 ге өскен. Сондай-ақ, фермер хожалықларының саны 92 198 ден 91 025 ге, яғный 1173 ге азайған. Жумыс алып барып атырған ири кәрханалардың саны 3 994 ти қурап, усы жылдың июль айына салыстырғанда 23 ге көбейген.

    БРЕНДЛЕРДИ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ.

    Қорғалатуғын саўда белгилери индекси 0,8504 ти қурап, өткен айға салыстырғанда 15 процентке төменлеген. Усы айда юридикалық тәреплер тәрепинен 398 товар белгилери ҳәм саўда атамалары дизимнен өткерилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates