Австрияда Өзбекстанның «BMB Holding» компаниясы қатнасыўында жаңа қоспа кәрхана шөлкемлестирилди

    Бизнес 5 қараша 2025 672

    «BMB Holding» компаниясы бақлаў кеңесиниң баслығы Бекзод Маматқулов басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы Австрияның «Agrotec» компаниясының басшысы Борис Кандов пенен ушырасыў өткерди. Онда Өзбекстанның Австриядағы елшиси Бахтиёр Ибрагимов та қатнасты.

    Тәреплер саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да беккемлеў, жаңа ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм експорт етиў тараўында узақ мүддетли бирге ислесиў мәселелерин додалады.

    Ушырасыў жуўмағында «BMB Holding» ҳәм «Agrotec» компаниялары арасында «AGROINVEST» атамасында жаңа қоспа кәрхананы шөлкемлестириў ҳаққында келисимге қол қойылды.

    Бул қоспа кәрхананы шөлкемлестириўден мақсет сырт ел инвестицияларын тартыў, Өзбекстаннан терең қайта исленген аўыл хожалығы өнимлерин, сондай-ақ, «BMB Za’faron» бренди астында жетистирилген тәбийғый шафран ҳәм оннан таярланған өнимлерди Австрия арқалы Европа Аўқамы базарларына экспорт етиўден ибарат. Сондай-ақ, Өзбекстанға Европа мәмлекетлеринен талап жоқары болған түрли товарларды импорт етиў системасын жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

    Жаңа жойбар Өзбекстан ҳәм Австрия арасындағы саўда-экономикалық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди, сондай-ақ, жоқары сапалы Өзбекстан өнимлерин Европа базарларына кеңнен алып шығыўға хызмет етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates