Ушырасыўда саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа биргеликтеги басламаларды алға қойыў перспективалары көрип шығылды.
Еки тәреплеме саўдада унамлы динамика атап өтилди: 2025-жылдың январь-сентябрь айларында товар алмасыў 14,7 процентке өсип, 672,8 миллион долларға жетти, 2024-жылдың жуўмағында болса 846,1 миллион долларды қурады. Тәреплер санаат кооперациясы бағдарламасын таярлаў ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе басламалар дизимин қәлиплестириўге келисип алды.
Сөйлесиўшилер болажақ жоқары дәрежедеги сапар етиў алдынан шерикликти тереңлестириў ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыўды даўам еттириўге умтылысы исенимли екенин тастыйықлады.
Еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер: басшылардың өз-ара сапарлары, Ҳүкиметлераралық комиссияның жумысы, аймақлараралық байланысларды раўажландырыў, саўданы кеңейтиў ҳәм логистика имканиятларынан пайдаланыў мәселелери айрықша көрип шығылды.
Сондай-ақ, санаат кооперациясы жойбарлары, Өзбекстан-Қырғызстан қорының жумысы, Қырғызстанда автотехника ислеп шығарыў, энергетика басламалары ҳәм регионаллық транспорт жойбарларын әмелге асырыў мәселелери додаланды.








