Синоптиклердиң айтыўынша, мәмлекетке суўық антициклон кирип келеди, бул болса атмосферадағы нормаль ҳаўа алмасыўына тосқынлық етеди. Нәтийжеде патасландырыўшы затлар ҳәм майда дисперсли РМ2,5 ҳәм РМ10 бөлекшелери топланыўы мүмкин, бул болса ҳаўа сапасының жаманласыўына алып келеди. Атап өтилиўинше, бул процесс үш күнге шекем даўам етиўи мүмкин.
Келешекте антициклонның тәсири және де күшейеди. 16-17-январьға шекем республиканың дерлик барлық аймақларында ҳаўа температурасының төменлеўи күтилмекте. Күндизги ўақытлары да температура төменлейди, түнги ҳәм азанғы ўақытлары суўық болыўы күтилмекте.
Буннан тысқары, антициклон тәсиринде жаўын-шашын болыўы күтилмекте. Айрым жерлерде жаўын-шашын, қар жаўыўы мүмкин. Жаўын-шашын ҳәм самалдың күшейиўи атмосферада топланған майда бөлекшелердиң жуўылыўына жәрдем береди, бул болса атмосфера ҳаўасы сапасының ўақтынша жақсыланыўына алып келиўи мүмкин, деп қосымша етти "Өзгидромет".