Мәмлекетимиз басшысының шығындыларды қайта ислеў ҳәм олардан энергия алыўға тийкарланған заманагөй жойбарларды әмелге асырыў бойынша берген тапсырмаларына муўапық, Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлиги директоры менен Қытай Халық Республикасының жетекши компаниялары - Wangneng Environment ҳәм CHSET басшылары арасында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге қол қойылды.

Усы мүнәсибет пенен 2-февраль күни республикамыздың еки аймағында қатты турмыслық шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясын алыўға қаратылған заводлардың қурылысына тырнақ тасы қойылды.

Атап айтқанда, Бухара ўәлаятында Wangneng Environment компаниясы қатнасыўында 140 миллион АҚШ доллары муғдарындағы тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан Когон районындағы "Гүлистан" мәҳәллеси аймағында жылына 547,5 мың тонна шығындыны қайта ислеў ҳәм 230 миллион кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе завод қурылады. Объект пайдаланыўға тапсырылғаннан соң 150 жаңа жумыс орны жаратылады.

Сурхандәьря ўәлаятында CHSET компаниясы қатнасыўында Ангор районындағы "Баҳор" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында улыўма баҳасы 150 миллион АҚШ доллары болған тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан жылына 438 мың тонна шығындыны қайта ислеў ҳәм 75 миллион кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе завод қурылысы режелестирилген. Жойбардың әмелге асырылыўы 150 жаңа жумыс орнын жаратыў имканиятын да береди.

Мағлыўмат ушын, бул кәрханаларды 2028-жылы иске түсириў режелестирилген. Олардың жумыс мүддети 30 жылды қурайды.

Ирге тасын қойыў мәресиминде инвесторлар, ўәлаят ҳәкимлери, агентлик басшылары, аймақлық басқармалар, жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ҳәзирги ўақытта республикамыздың және алты аймағы - Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана, Қашқадәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятларында усындай заводлардың қурылысы жедел даўам етпекте. Келешекте бундай жойбарларды Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында да әмелге асырыў режелестирилген.

Бул басламалардың әмелге асырылыўы "жасыл экономика" принциплерине сәйкес болып, айланба экономиканы, қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң экологиялық турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.