Шелтер Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы (ПРООН) тәрепинен "Меҳржон" МКШ менен биргеликте, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) аппараты, Әдиллик министрлиги, жергиликли ҳәкимият уйымлары менен биргеликте ҳәм Финляндия ҳүкиметиниң қаржылай жәрдеминде қурылған.

Шелтердиң мақсети - комплексли социаллық, ҳуқықый ҳәм психологиялық хызметлер, реабилитация ҳәм реинтеграция бағдарламаларын усыныў арқалы ҳаял-қызлар ҳәм олардың перзентлери ушын қәўипсиз орынларды тәмийинлеўден ибарат. Бул жерде жәбирленгенлер тикленип, өзине исенимин тиклей алады.

БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фуджия:

"Өзбекстанда ҳәр жылы 40 мыңға шамалас гендер зорлық жағдайлары дизимге алынады ҳәм жәбирленгенлердиң дерлик барлығы ҳаял-қызлар болып есапланады. Ферғана ўәлаятында "шелтер" шөлкемлестирилгени шериклик, мийрим-шәпәәт ҳәм мәртлик тымсалы болып есапланады. Бул нәтийжеге Әдиллик министрлиги, Омбудсман аппараты, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм "Меҳржон" шөлкеминиң тығыз бирге ислесиўи себепли ерисилген.

Халықаралық шөлкемлердиң мағлыўматларына қарағанда, дүньяда ҳәр үшинши ҳаял (35 процент) ең кеминде бир мәрте, ең көбинесе жынысый шерик тәрепинен физикалық ямаса жынысый зорлыққа ушыраған. Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың 40 процентине шекем өлтирилиўи әйне шаңарақтағы зорлық себепли жүз бермекте.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Феруза Эшматова былай дейди:

"Гендер зорлықлар инсан ҳуқықлары тараўындағы ең әҳмийетли машқалалардан бири болып қалмақта. Ол шаңарақтың абаданлығына зыян келтиреди, ҳаял-қызлардың мәмлекеттиң жәмийетлик, сиясий ҳәм экономикалық турмысындағы қатнасын шеклейди. Бул машқаланы шешиў ушын мәмлекет, пуқаралық жәмийети ҳәм халықаралық шериклердиң ҳәрекетлерин және де бирлестириў, Өзбекстанда ҳәр бир ҳаял-қыз қорқыў ҳәм зорлықсыз жасай алыўы зәрүр".

Шелтердиң ашылыўы БМШ Раўажланыў бағдарламасының гендер зорлыққа қарсы гүресиў миллий механизмлерин беккемлеў бағдарындағы умтылысын сәўлелендиреди ҳәм "Меҳржон" МКШның жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў бойынша потенциалын кеңейтеди.

Бул баслама БМШ Раўажланыў бағдарламасының "Өзбекстанда нызам үстинлигин ҳәм инсан ҳуқықлары қорғалыўын беккемлеў" жойбары шеңберинде миллий шериклер менен биргеликте ҳәм Финляндия ҳүкиметиниң қаржылай жәрдеминде әмелге асырылмақта.