Сапар даўамында Миграция агентлиги ўәкиллери ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети басшылары менен бир қатар ушырасыўлар өткерилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Сөйлесиўлер жуўмағында «Orange» компаниясы ҳәм университет арасында япон тилин ҳәм кәсиплик көнликпелерди үйретиў бойынша биргеликтеги орайды шөлкемлестириў ҳаққында меморандумға қол қойылды. Атап өтилиўинше, орайда оқытыў бийпул әмелге асырылады, оқытыўшылар Япониядан маман қәнигелерден тартылады.

Буннан тысқары, Жиззақ ўәлаятында да усындай орайды шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.

Бул жумыслар системалы даўам еттирилип, келешекте Өзбекстан пуқараларын Япония мийнет базарының талапларына муўапық таярлаў, олардың нызамлы ҳәм турақлы жумысқа жайласыў имканиятларын кеңейтиў режелестирилген.