Археологлар бөлмелердиң бириниң батыс тәрепиндеги дийўалда ылайдан исленген сыбаўға түсирилген лала ҳәм ақ гүллердиң сүўретин тапты. Гүлли нағыслар қызыл рендеги жиңишке толқынлы сызықлар менен толықтырылған. Кейин ала сүўрет ақ ҳәк сыбаў қатламы менен қапланды.

Имараттың монументаллық дийўаллары ҳәм сақланып қалған декоратив безеў элементлери қәнигелерге оннан бизиң эрамыздың IV-V әсирлеринде ибадатхана сыпатында пайдаланылған болыўы мүмкин, деп болжаўға мүмкиншилик береди.

Келешектеги археологиялық изертлеўлер имараттың ўазыйпасын, архитектуралық өзгешеликлерин ҳәм тарийхый әҳмийетин анықластырыўға жәрдем береди.

Естеликтеги қазыў жумысларын Археология институтының Самарқанд бөлими хызметкери Санжар Абдураҳимов алып бармақта.