Форум Наманган ўәлаяты ҳәкимлигиниң басламасы менен Өзбекстанның Қытайдағы елшиханасы ҳәм «Guizhou Huayu Group» компаниясы жәрдеминде шөлкемлестирилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Наманган ўәлаяты ҳәкими Шавкатжан Абдураззоқов, Өзбекстан елшиси Фарҳод Арзиев, «Guizhou Huayu Group» компаниясы президенти Жоу Фу, сондай-ақ, «China Economical and Trade Magazine» ири баспа үйи баслығының орынбасары Хуа Ян қутлықлаў сөзлери менен шығып сөйледи.
Форумда Жаңа Өзбекстан концепциясы шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, инвестициялық орталықты жақсылаў, сырт ел инвесторлары ушын қолайлы шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, Наманган ўәлаятының санаат, аўыл хожалығы, логистика, энергетика, қурылыс материаллары, фармацевтика, экспорт потенциалы ҳәм инвестициялық жойбарлар бойынша имканиятлары таныстырылды.
Форум қатнасыўшылары Наманган ўәлаятының Қытай компаниялары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, қоспа кәрханалар шөлкемлестириў, заманагөй технологияларды енгизиў, экспорт потенциалын арттырыўға қаратылған усыныс ҳәм басламаларын жоқары баҳалады.
Форум жуўмағында санаат, энергетика, қурылыс, химия тармағы, агросанаат комплекси ҳәм логистика тараўларын қамтып алған улыўма баҳасы 1,1 миллиард долларлық 8 инвестициялық келисим ҳәм шәртнамаға қол қойылды. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы Наманган ўәлаятында жаңа жумыс орынларын жаратыў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм аймақ экономикасын жедел раўажландырыў имканиятын береди.
Илаж қатнасыўшылары "Наманган - Гуйан" форматындағы бирге ислесиўди системалы даўам еттириў ҳәм еки регионның саўда-экономикалық байланысларын жаңа басқышқа алып шығыўға таяр екенин тастыйықлады.











