Илажда Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев, АҚШ Конгресси, Ақ үй, Мәмлекетлик департамент, жетекши федерал агентликлер, халықаралық компаниялар, бизнес ассоциациялар, сондай-ақ, дипломатиялық ҳәм экспертлик топарлардың 70 тен аслам ўәкили қатнасты.
Қатнасыўшылар Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекетлик басқарыў, инсан ҳуқықларын әмелге асырыў, экономика, билимлендириў, гендер теңлик ҳәм сыртқы сиясат тараўларындағы өзгерислер ҳаққында пикир алысты.
АҚШ конгрессменлери өзлериниң шығып сөйлеўлеринде басып шығарылған китапқа жоқары баҳа берип, Президент Шавкат Мирзиёевти демократиялық реформаларға умтылып атырған заманагөй сиясий жетекши ҳәм мәмлекет басшысы сыпатында тән алды.
2017-жылдан берли Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында билимлендириў ҳәм жаслар сиясаты тараўында тығыз бирге ислесиў жолға қойылғаны, мыңлаған өзбекстанлы студент ҳәм қәнигелер АҚШта тәжирийбе арттырыў имканиятына ийе болып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстанның жаңа сыртқы сиясаты ашық-айдынлық, сөйлесиў ҳәм прагматизм принциплери тийкарында қурылып атырғаны айрықша атап өтилди.
Илаж даўамында билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, гендер сиясаты ҳәм социаллық қорғаў, атап айтқанда, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, жаслардың потенциалын арттырыў тараўларында ерисилген жетискенликлерге итибар қаратылды.
Презентация жуўмағында китаптың мазмунынан келип шығып, бир қатар дөгерек сәўбетлери ҳәм аналитикалық ушырасыўлар шөлкемлестириў, олар шеңберинде Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы бирге ислесиў перспективаларын додалаў бойынша келисимге ерисилди.









